Усы жылдың 9-11-сентябрь күнлери Ҳиндстан Саўда-санаат палаталары Федерациясы басшылығындағы бизнес топары ўәкиллеринен ибарат делегацияның Өзбекстанға сапары әмелге асырылмақта.

Сапар шеңберинде аўыл хожалығы, фармацевтика, логистика, билимлендириў, қурылыс ҳәм туризм тараўларында жумыс алып барып атырған 150 ге шамалас еки мәмлекет бизнес топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан-Ҳиндстан биргеликтеги бизнес-форумлары ҳәм В2В форматындағы еки тәреплеме ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қаласындағы “Ақ қуў” комплексиндеги қарақалпақ халқының миллий Қара үйинде қарақалпақстанлы ҳәм хорезмли исбилерменлер, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов ҳәм Ҳиндстанның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Смита Пант, Ҳиндстан Саўда-санаат палаталары Федерациясының бас мәсләҳәтшиси Манаб Мажумдарлар шығып сөйлеп, форумның мақсети ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерге тоқтап өтип, еки ел арасындағы дослық қатнасықлардың, бизнес ўәкиллери ушырасыўларының әҳмийетин атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы товар айланысы 2023-жыл жағдайына бола 691,5 млн. долларды қурады. Ҳиндстан мәмлекетине әмелге асырылған экспорт көлеми 36,5 млн доллар, импорт көлеми 655,1 млн доллардан ибарат.

Форум шеңберинде еки мәмлекеттиң министрликлери, мәкеме ҳәм шөлкемлериниң ўәкиллери Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан мәмлекетиниң саўда-экономикалық қатнасықларын раўажландырыў бойынша исбилерменликтиң кең перспективалары усынылған презентациялары менен қатнасты.

Ҳиндстан делегациясы Нөкис қаласының инвестициялық мүмкиншиликлери менен танысты.

– Ҳиндстандағы исбилерменлер менен Өзбекстандағы исбилерменлердиң бирге ислесиўге қызығыўшылығы бүгинги күнде артып атырғанлығын айрықша атап өтиўимиз керек,-дейди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов. – Себеби, Президентимиз тәрепинен Өзбекстанда жаратылып атырған инвестициялық орталық, соның ишинде, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанға инвестиция киргизиў ушын жаратылып атырған кең мүмкиншиликлер, жеңилликлер сырт елли исбилерменлерде, соның ишинде ҳиндстанлы исбилерменлерде де үлкен қызығыўшылық оятпақта. Бир қатар тараўлар бойынша, соның ишинде, бүгинги форумға текстиль, фармацевтика тараўларынан қатнасып атырған ҳиндстанлы исбилерменлер менен өз-ара сөйлесиўлер жақсы нәтийже берип, еки ел арасындағы товар айланысы еле де жоқары көтериледи, деп исенемиз.

Делегация ўәкиллери “Nukus SSP texnopark”, “Karakalpak Basalt wool” санаат зоналары ҳәм “Nukuselektroapparat”, “Orient technology” ЖШЖ ға барып, усы кәрханалардың жумыслары менен танысты, өндирис процесслери сәўлеленген презентациялар ҳәм видеокөринислер қойып берилди.

Илаж даўамында В2В форматындағы еки тәреплеме ушырасыўлар шөлкемлестирилип, еки елдиң өндирислик кәрханаларының ўәкиллери өз өнимлери ҳаққында мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, билимлендириў, туризм сыяқлы бағдарларда да бирге ислесиўлерди жолға қойыў, жаңа жойбарларды турмысқа енгизиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

– Бүгинги форум жүдә жақсы өтти. Биз келешекте бир қатар тараўлар, соның ишинде, IT тараўы бойынша қәнигелерди таярлаў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыўды режелестирдик. Соңғы жылларда Өзбекстанның логистика тараўы да жақсы раўажланбақта. Сонлықтан да биз усы тараўда Өзбекстан менен бирге ислесиўди мақсет еткенбиз. Сондай-ақ, бул жерде туризм тараўы да раўажланбақта. И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейиниң ҳәм басқа да дыққатқа ылайық тарийхый орынлардың усы жерде жайласыўы туризмди раўажландырыўға кең мүмкиншиликлер жаратпақта. Бул бағдарда да бирге ислесиўди жолға қоймақшымыз,-дейди Ҳиндстанның Marco Polo Ventures шөлкеминиң баслығы Сачдев Рамакришна.

Илаж даўамында мийманлардың Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилди. Онда сырт елли мийманлар Қарақалпақстан халық әмелий көркем өнери, ески Хорезм естеликлери менен танысты.

Ҳиндстан исбилермен топары ўәкиллери тәрепинен бул жердеги санаат тараўларына қызығыўшылықлары артқаны ҳәм Өзбекстан кәрханалары арасында биргеликте жойбарлар ислеп шығыў ҳәм инвестиция киргизиўге таяр екенлиги билдирилип, еки мәмлекет исбилерменлери арасында пикир алысылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги