Өзбекстан ҳәм Россияның тийисли министрликлери 2030-жылға шекем товар алмасыў қунын 30 миллиард долларға жеткериў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықты. РФ экономикалық раўажланыў министри Максим Решетников жергиликли журналистлерге берген интервьюинде усы темаға айрықша тоқтап өтти.
Ол Россия Өзбекстанның екинши әҳмийетли саўда шериги екени, өз-ара өним ҳәм хызмет айланысы турақлы өсип атырғанына да итибар қаратты. Бул көрсеткиш усы жылдың биринши ярымына келип, өткен жылдың ҳәзирги дәўирине салыстырғанда 9 процент өскен.
-Мәмлекетлеримиз Президентлери алдымызға 2030-жылы товар алмасыў муғдарын 30 миллиард долларға жеткериўдей үлкен мақсет қойған,-деди М. Решетников- Әлбетте, бул оғада әҳмийетли ўазыйпа аўыр мийнетти талап етеди. Кәсиплеслеримиз, атап айтқанда Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен бирге бул нәтийжеге ерисиўдиң жоллары көрсетилген «Жол картасы»н ислеп шықтық.
Белгили болғанындай, ҳәр еки тәрептен қәнигелер өним түрлерин таллап, мәмлекетлеримиз экономикасы қайсы товарларға көбирек қызығыўшылық билдирип атырғанын үйренип шыққан.
Усы жылдың май айының ақырында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң кәсиплеси Владимир Путин менен жақын келешекте Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан арасындағы товар айланысын 30 миллиард долларға жеткериўге келисип алғанын мәлим еткен еди.
ӨзА