Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзии ханым менен ушырасты.
Ушырасыўда Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша илажларды әмелге асырыўдағы белсене қатнасыўы ҳәм перспективадағы усыныс ҳәм басламаларға тоқтап өтилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимизде алып барылып атырған жәмийетлик-сиясий, экономикалық тараўлардағы ҳәм билимлендириў бағдарындағы реформалар ҳәм гендер теңлик мәселесине байланыслы унамлы өзгерислер ҳаққында пикир алысты.
Сөйлесиў даўамында республикамыз халықаралық индекслердеги рейтинги жоқарылап баратырғанлығы айтылып, бул бағдарда да өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Буннан тысқары, жергиликли Кеңеслер ҳәм халық депутатларының жумысын күшейтиўге қаратылған оқыў бағдарламалары ҳәм методикалық қолланбаларды биргеликте ислеп шығыў мәселелерине итибар қаратылды.
ӨзА