Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-сентябрь күни Россия Федерациясы ҳүкимети Баслығы Михаил Мишустин басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Россия делегациясы Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкимети басшылары дәрежесиндеги биргеликтеги комиссияның бесинши мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизде болып турыпты.
Ушырасыў алдынан Михаил Мишустин мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан менен Россия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў, кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Россия Президентиниң быйылғы жылдың 26-28-май күнлери Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында қабыл етилген қарар ҳәм келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Усы мәнисте, Биргеликтеги комиссияның кеше өткерилген гезектеги мәжилисиниң табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Товар алмасыў пәтлерин сақлап қалыў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм экономиканың басқа әҳмийетли тараўларында бирге ислесиў жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў бойынша муўапықластырылған илажлар көриў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы аймақлар дәрежесинде әмелий бирге ислесиўди және де күшейтиў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам етиў, миграция тараўында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында тәреплерди қызықтырған мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА