Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек –Ўатанбыз!» сүрени астында 2024-2025-оқыў жылының басланыўына бағышланған байрам илажы болып өтти.
Онда филиал директоры Б. Еримбетов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң бөлим баслығы И.Қудияров, ветеран спортшы А.Казаковлар илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған итибар, жоқары оқыў орынларында студентлер ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде айтып өтти ҳәм бул қолайлылықлардан жасларымыз нәтийжели пайдаланыўы кереклиги туўралы атап өтилди.
Өткерилген илаж даўамында 1-курсқа оқыўға кирген студентлерге студентлик гүўалықлары ҳәм рейтинг дәптершелери тапсырылып, бул оларды үлкен қуўанышқа бөледи.
-Кишкенелигимнен спорттың волейбол түрине қызығып, спорт мектебинде шынығыўылар алып бардым,-дейди Шерзад Нурыллаев.- Соңынан республика ҳәм мәмлекет көлеминде өткерилетуғын жарысларға қатнасып онда жеңимпазлықты қолға киргиздим ҳәм Өзбекстан Республикасы сайланды командасына қабылландым. Сайланды команда қурамында Азия чемпионатына қатнасып, онда гүмис медальды қолға киргиздим ҳәм быйылғы жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалына ҳүжжет тапсырып, оқыўға кириўге миясар болдым. Жоқары оқыў орының студенти болғанымнан оғада қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары да көбирек өз үстимде ислеп, Азия, жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионы болыўға ҳәрекет етемен…
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы