9-сентябрь күни барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2024-2025-оқыў жылының ашылыўына арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ўәкиллери, нураный устазлар, институт жәмәәти, студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Байрам илажын институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы, сондай-ақ, жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, жаңа оқыў жылы қарсаңында институттың еки мың орынға мөлшерленген жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы 90 жыллық торқалы тойын белгилеў алдында турған институт жәмәәти ушын, соның менен бирге, усы оқыў дәргайына аты берилген қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына мүнәсип байрам саўғасы болды.

Жаңа оқыў имаратында заманагөй оқыў ҳәм лекция аудиториялары, ең соңғы техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген лабораториялар, IT-инкубация, мәлимлеме-ресурс орайлары, быйылғы оқыў жылынан баслап барлық жоқары оқыў орынларында енгизилип атырған регистратор офиси ҳәм басқа да көплеген имканиятлар жаратылған.

Быйылғы оқыў жылында институттың күндизги, сыртқы, кешки, аралықтан оқытыў тәлим бағдарлары ушын улыўма 2 640 орын, магистратура басқышында 22 қәнигелик ушын жәми 161 орын ажыратылды. Айрықша атап өтиў орынлы, быйылғы оқыў жылы ушын институтта биринши мәрте аралықтан оқытыў формасы бойынша өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарына қабыллаў әмелге асырылды. Соның менен бирге, бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасында жаңадан сурдопедагогика, олегофренопедагогика, немис тили, психология, әмелий математика сыяқлы тәлим бағдарларына қабыллаў болып өтти. Елликқала педагогика факультети ушын бакалавриаттың 6 тәлим бағдары бойынша өз алдына квота ажыратылды. Магистратурада жаңадан тестология ҳәм билимлерди баҳалаў қәнигелигине талабанлар қабылланды.

– Төрткүл районындағы 67-санлы улыўма билим бериў мектебин питкерип, педагогикалық институттың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарына тапсырдым. Кириў тест сынақларында улыўма 170 балл топлап, мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилдим. Елимиздеги туңғыш жоқары оқыў орны есапланған бул дәргайда Өзбекстан Қаҳарманлары, академиклер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер жетисип шығып, халқымызға хызмет еткен. Мен де олардың жолын үлги тутып, усы оқыў орнында оқыўды мақсет еткен едим. Бүгин өз мақсетиме еристим. Әлбетте, институтта билим ҳәм көнликпелеримди буннан былай да жетилистирип, келешекте мәмлекетимиздиң билимлендириў тараўының раўажланыўына өз үлесимди қосыў нийетиндемен, – дейди Гөззал Жақсымуратова.

Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Татлымурат Атамуратов, нураный устаз, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы Бегдулла Султанов, институтта жумыс ислеп атырған устазлар, сондай-ақ, быйылғы кириў имтиханларында жоқары балл топлап, студентликке усыныс етилген жаслар ҳәм олардың ата-аналары сөзге шығып, елимизде жаслардың жоқары билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, илим менен шуғылланып, өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы бағдарында жаратылып атырған шараятлар ушын мәмлекетимиз басшыларына, институт жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

Жаңа оқыў жылының дәслепки күни Ғәрезсизлик сабақлары менен басланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги