Кеше Астана қаласында  V Жер жүзилик  көшпелилер ойынлары салтанатлы түрде ашылды. «Астана Арена » стадионында болып өткен мәресимге 3 мың көркем өнер ийелери кеңнен тартылған.

Бағдарламаға бола, дәслеп тамашгөйлер ири спорт әнжуманлары  ушын дәстүрий есапланған илаж- қатнасыўшы мәмлекетлер ўәкиллериниң майдан бойлап жүриўин бақлапп барды. Трибуналар бойлап қәдем таслаған өзбекстанлы спортшыларды да туўысқан елде топланған тамашагөйлер айрықша хошаметлеп турды.

Мәресимде Президент Қасым-Жомарт Тоқаев сөзге шығып, ойынларды рәсмий түрде ашып берди. Буннан соң V Жер жүзилик көшпелилер ойынларын шөлкемлестириў комитетиниң баслығы Роман Скляр ҳәм Дүнья этникалық спорт конфедерациясы  президенти Билол Эрдоған да шығып сөйледи.

Үлкен әнжуманның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Татарстан басшысы Рустам Миннихонов, Түркменстан Халық Мәсләҳәти баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров сыяқлы жоқары мәртебели мийманлар қатнасты.

Бул жарыс шеңберинде топарлар Астана қаласындағы ең жақсы спорт майданшаларында 21 спорт түри, соның ишинде ат бәйгеси, гүрестиң миллий түрлери, дәстүрий интеллектуаллық ойынлар, жаўынгерлик өнери, дәстүрий оқ атыў, қус аўлаўдың миллий түрлери, ат жарыслары, халық ойынлары бойынша бәсекилесиўге кириседи.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен 10 гектар жерде арнаўлы қурылған «Көшпенділер Әлемі» этнография аўылында көшпели халықлардың тийкарғы мәденияты, атап айтқанда, қазақ халқының бай мийрас дүньясы менен танысыў мүмкин. 13-сентябрьге шекем даўам ететуғын V Жер жүзилик көшпелилер ойынларында 89 мәмлекеттен 2800 ге шамалас қатнасыўшы дизимнен өткен. Олар 97 топ медальлар жыйындысы ушын гүрес алып барады.

ӨзА