Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлери президентлериниң исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм дослық қатнасықлары себепли өз-ара бирге ислесиў кеңейип баратырғаны өзбек ҳәм қырғыз халықларының абаданлығы ушын хызмет етпекте.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның Қырғыз Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муса Жаманбаев пенен ушырасыўында атап өтилди.

Еки мәмлекет арасында келешекте де саўда-экономикалық, исбилерменлик, туризм, мәденгий-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, еки мәмлекет жаслары арасында да турақлы байланыс майданларын шөлкемлестириў ҳаққында пикир алысылды.

Буннан тысқары, аймақлараралық бирге ислесиў бағдарламаларының унамлы нәтийжелери тән алынып, бул байланысларды және де жеделлестириў мәселелери додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА