Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында аўыр турмыс шараятында жасап атырған шаңарақлардың турақ-жайларының төбесин бастырыў ҳәм жасаў ушын жарамсыз хожалықлардың үйлерин жаңадан қурыў бойынша мәнзилли дизим қәлиплестирилди.
Усы мәнзилли дизимге Қараөзек районындағы 13 мәҳәлледен 713 хожалық киргизилген болып, соннан 706 хожалықтың турақ жайларын шиферлаў ҳәм 7 хожалықтың үйлерин жаңадан қурыў белгиленген.
-Қарар тийкарында, районға бириктирилген Наманган ўәлаятының қәўендерлигинде бүгинги күнге шекем 284 турақ жайлардың төбелерин шиферлаў толық жуўмақланып, қалған хожалықларда басқышпа-басқыш даўам етип атыр-дейди Қараөзек районлық ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Баҳадыр Өтепшиев.- Шаңарақ ийелери өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлығы ушын миннетдар болмақта.
Сондай-ақ, Наманган ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлиги менен райондағы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, наманганлылар тәрепинен 7500 бас таўық алып келинип, 375 шаңарақтағы жумыссыз пуқараларға тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги