Бүгинги күнде, Қарақалпақстан Республикасында 16 райондағы 99 мыңнан аслам хожалыққа ҳәм 114 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине суйылтырылған газ жеткерип берилмекте.
Халыққа суйылтырылған газ жеткерип бериўде жәми 150 233 айланба хожалық газ баллонлары бар. Тәмийинленгенлик дәрежеси 152 процент. Бүгинги күнде районгаз тәмийнаты бөлимлеринде ҳәм орайлық қоймаханада халықтың мүтәжликлери ушын 3106 хожалық газ баллонлары ҳәм ГНС ҳәм ГНПларда 200 тонна суйылтырылған газ резерви жаратылған.
– Жыл басынан халыққа суйылтырылған газ жеткерип бериў режеси 11 140 тонна болса, әмелде 10 829 тонна жеткерип берилди,-дейди “Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” Мәҳәлле тутыныўшыларын суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў бөлиминиң баслығы Руслан Ибрагимов.
Өндирислик кәрханалардан суйылтырылған газ муғдарларын тасып келиў ушын 6 МАН ҳәм халыққа жеткериў ушын 30 (27 ИСУЗУ ҳәм 3 ШАХМАН) арнаўлы автотранспорт бар.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 6-июльдеги 388/28-санлы қарарында гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларға 8432 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў белгиленген болып, оны орынлаў бойынша жумыслар алып барылмақта.
“Ҳудудгаз Қорақалпоғистон” газ тәмийнаты филиалына қараслы тутыныўшы хожалықларға суйылтырылған газ жеткерип бериўде жәми 5 (Нөкис, Әмиўдәрья, Беруний, Қоңырат ҳәм Шымбай) газ толтырыў қурылмалары хызмет көрсетпекте.
Газ толтырыў қурылмалары бир ўақыттың өзинде 1180 тонна суйылтырылған газ сақлаў қуўатлылығына ийе болып, айлық суйылтырылған газ тарқатыў қуўатлылығы 3920 тоннаны қурайды.
Газ баллонларынан қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде жәмийетке тийисли жәми 6 турмыслық газ баллонларын сынақтан өткериў цехлары ислеп турыпты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги