Самарқандта өткерилип атырған Халықаралық тоқымшылық ислеп шығарыўшылар федерациясы (ITMF) ҳәм Халықаралық кийим-кеншек федерациясы (IAF)ның жыллық конференциясының рәсмий ашылыў мәресими басланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Ж.Хўжаев оқып еситтирди.
«Инновациялар, бирге ислесиў ҳәм тәртипке салыў тоқымашылық санааты ҳәм кийим-кеншек ислеп шығарыўының ҳәрекетлендириўши күшлери» темасында өткерилип атырған конференцияда дүнья тоқымашылық санаатының ири ислеп шығарыўшылары, белгили брендлер ўәкиллери қатнаспақта.
Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары