Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында дүзилген жумысшы топар тәрепинен қуяш панельлерин орнатыў бойынша алып барылған үгит-нәсиятлаў илажлары нәтийжесинде Нөкис қаласындағы “Үмит Нөкис” ҳәм Қоңырат районындағы “Бек Брокер” ЖШЖға қараслы ашық түрдеги бажыхана базаларында қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын қурыў процесслери алып барылмақта.
Нөкис қаласында жайласқан “Үмит Нөкис” МШЖға қараслы ашық түрдеги бажыхана базаларында 10 кВт. лық қуяш панельлери орнатылып иске түсирилди. “Үмит Нөкис” ЖШЖ директоры алдағы ўақытлары қуяш панельлерин көбейтиў ҳәм сол арқалы дәрамат табыўды да мақсет еткенлигин атап өтти.
Соның менен бирге, Қоңырат районындағы “Бек Брокер” ЖШЖға қараслы ашық түрдеги бажыхана базасында ҳәзирги ўақытта 10 кВт. лық қуяш панельлерин орнатыў жумыслары басланып кетти. Буннан тысқары бул бажыхана базасына 3,7 кВт. лық гибрид қуяш панельлериниң қурылысы жолға қойылмақта. “Бек Брокер” ЖШЖ “гибрид система”лар үзликсиз ислеўин ҳәм қуўатлылығы өзгериссиз турақлы энергия тәмийнатын ҳәм артықша ислеп шығарылған электр энергиясын мәмлекетлик тармаққа сатыўды да тәмийинлемекши.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги