Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Беруний ҳәм Қоңырат районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажларда акциз маркасыз темеки сатқан ҳәм алкоголь өнимлерин жасырын ислеп шығарыў менен шуғылланып келген пуқаралар усланды.
Атап айтқанда, “S.S.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қарслы саўда шақапшасының сатыўшысы И.М. қарыйдарға акциз маркасыз “Esse Change” темеки өнимин сатқан ўақтында усланды. Усы саўда шақапшасынан улыўма баҳасы 57,4 миллион сумлық сырт елде ислеп шығарылған жәми 1 мың 661 қуты темеки өними айғақлы дәлил ретинде алынды.
Сондай-ақ, пуқара Т.Н. қолдан таярланған 514 дана “Қаратаў” жасалма акциз маркалы алкоголь өнимлерин өткериў мақсетинде танысы Б.У.дың үйине ўақтынша сақлап қойғанлығы анықланды. Оннан бул өнимлер айғақлы дәлил ретинде алынды.
Жоқарыдағы еки жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги