Тараўдағы машқалалар, жаңаланыўлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында сөз етилди
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияға Транспорт министри ўазыйпасын атқарыўшы Б.Юсупов, тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша министрликтиң Транспортты раўажландырыў секторы бас қәнигеси М.Жиемуратов кең тоқтап өтти.
Баспасөз конференциясында атап өтилгениндей Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 401 автотранспорт жөнелислери болып, соннан, автобус жөнелислери 94, микроавтобус жөнелислери 58 ҳәм жөнелисли такси бойынша 249 жөнелистен (соныӊ ишинде Дамас маркалы автотранспортлар хызмет кɵрсететуғын жɵнелислер 202 дана) ибарат.
Халыққа хызмет кɵрсетип атырған жәми 401 автотранспорт жɵнелислеринде жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы автотранспорт кәрханаларының саны 149 болып усы кәрханаларға бириктирилген автотранспортлардың саны 3075 ти қурайды.
Нөкис қаласында 29 микроавтобус жөнелислери болып, тендер таңлаўларына бола 28 жөнелис бойынша тендер жеңимпазы анықланған ҳәм хәзирги күнде жәми 326 микроавтобус автотранспорт қураллары менен хызмет көрсетпекте. Автобус жөнелислери үшеў болып 12 дана автобус халыққа хызмет көрсетип келмекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-59 санлы қарары тийкарында Нөкис қаласы ушын алып келиниўи мөлшерленген автобуслар келгенге шекем арнаўлы комиссияның қарары менен ўақтыншалық 14 микроавтобус жөнелислери шөлкемлестирилген болып, 155 автотранспорт қураллары хызмет көрсетип келмекте.
Қалада брутто-шәртнамаға өтиўи нәзерде тутылған тасыўшылар тәрепинен жөнелис көрсеткишлери орынланыўын мониторинг етиўши ҳәм баҳалайтуғын дизим енгизиў бойынша мәмлекетлик шөлкеми дүзилди ҳәм қарарда көрсетилген фондтың есап бети ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын баслаўға таяр ҳалға келтирилди. Брутто-шәртнамаға өтиўи нәзерде тутылған хәр бир жөнелистиң басланғыш баҳалары ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды. Қалалық жәмәәт транспортының жаңа жөнелислер тармағы шөлкемлестирилди.
Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 6-декабрьдеги қарарына тийкарланып қала, қала әтирапы, қалалар аралық ҳәм халықаралық жолаўшылар тасыў жɵнелислерин исбилерменлерге бириктириў ушын ашық тендерлер электрон мәлимлеме системасы арқалы ɵткерилмекте.
Тендерде белгиленген тәртипте Ѳзбекстан Республикасы аймағынан дизимнен ɵткен, тийисли тәртипте автомобиль транспортында қала, қала әтирапы, қалалар аралық ҳәм халықаралық жолаўшылар тасыўларын әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе болған ҳәм электрон мәлимлеме системасынан дизимнен ɵткен юридикалық тәреплердиң қатнасыўы белгилеп қойылған болып, усы күнге шекем 379 жөнелистиң паспорт ҳүжжетлери қайта таярланып тендер таңлаўына қойылған ҳәм 217 жөнелисте тендер жеңимпазы анықланған.
Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-июльдағы қарары талапларына тийкарланып электрон тәризде рәсмийлестирилип келинбекте. Усы жылы министрлик тәрепинен автобус, микроавтобус ҳәм жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыўда жәми 13217 лицензия (соннан 495 лицензия ҳүжжетлери Нөкис қаласында хызмет көрсетилиўи ушын) рәсмийлестирилип берилди ҳәм 3 млрд 700 млн сумлық мәмлекетлик бажы ҳәм жыйым пуллары өндирилди. Өткен жылдың усы күнги жағдайына бул көрсеткиш 2 млрд 483 млн сумды қураған болып, 1 млрд 200 млн сумға көтерилди.
Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-июльдағы қарарына тийкарланып 9358 пуқараға ( соның 3376 сы Нөкисте ) өзин-өзи бәнт еткен ҳалда нызамлы түрде халыққа төлемли транспорт хызметин көрсетиў мүмкиншиликлери жаратылып берилди.
Халыққа ҳәр тәреплеме қолайлы транспорт хызметлерин сапалы, физикалық ҳәм мораллық жақтан таза автотранспортлар менен хызмет кɵрсетиў ушын тасыўшылар тәрепинен жәми 622 дана микроавтобуслар сатып алынып, ҳәзирги күнде усы микроавтобуслар қала иши ҳәм қала әтирапы жɵнелислерге жайластырылды ҳәм хызмет кɵрсетип келмекте.
Автомобильде тасыўларды қадағалаў Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт кадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьяларында нәзерде тутылған ҳуқуқбузарлық ислеген пуқараларды анықлаў мақсетинде турақлы түрде рейд жумыслары алып барылмақта.
Усы жылдыӊ 6 айы даўамында 625 (+36) рейдлер шөлкемлестирилип, рейдлер даўамында 2893 (+483) ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар анықланып, автотранспорт айдаўшыларына (пуқараларға) ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилди.
Республика аймағында жәми 22 автовокзал ҳәм автостанциялар халыққа хызмет көрсетип келмекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен 2024-жыл 31-январь күни тастыйықланған “Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тəрепинен көрип шығылатуғын мəселелер “Жол картасы” ның 1.1–бəнтинде Нөкис ҳəм Тахтакөпир районларында автостанцияларды реконструкциялаў ислеў ҳəм жаңадан қурыў жумысларын шөлкемлестириў ҳəм бул автостанцияларда қурылыс жумысларын баслаўды тəмийинлеў белгиленген.
Усы тапсырманың орынланыўын тəмийинлеў мақсетинде, Нөкис районында автостанция қурыў ушын жер орны таңлап алынып, бүгинги күнде, автостанция қурыў ушын интакер исбилермен анықланған ҳəм жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылған. Усы жойбар-смета ҳүжжетлери тийисли мəкемелер менен келисилип, ҳəзирги ўақытта қурылыс жумыслары басланған.
Буннан тысқары, Тахтакөпир районында автостанция қурыў ушын интакер исбилерменлерди анықлаў ҳәм қурыў ушын жумыслар алып барылмақта.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы ушын 30 дана смарт бәндиргилердиң дислокациялары белгилеп алынды ҳәм Е. Алакөз көшеси, Орайлық базар алдында 2, М. Жуманазаров көшеси Спорт комплексиниң алдында 1 Смарт бәндиргилердиң қурылыс жумыслары баслап жиберилди ҳәм жыл даўамында қалған 26 усындай бәндиргиниң жумысын жуўмақлаў режелестирилип алынды. Буннан тысқары халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетиниде районлар аймақларында 17 аралық бәндиргилер жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Нөкис қаласын транспорт пенен толық қамтып алыў ушын 188 автобусқа зәрүрлик бар болып, жергиликли исбилерменлер ҳәм сырт ел инвесторлары арқалы мәселеге шешим табыў мақсет етилген.
Нөкис қаласының транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм заманагөй көриниске келтириў мақсетинде исленип атырған Бас режеси 5-7 жылға прогноз етилген болып, олардың әмелде пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.
Баспасѳз конференциясы даўамында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларына мағлыӯматлар алды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги