Нөкис районында Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары Икрам Муслимовтың басшылығында суд-ҳуқық мәселелери бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Илаж даўамында 111 пуқара қабыл етилип, олардың 78 жынаят, 28 пуқаралық ҳәм 5 ҳәкимшилик судлаўға байланыслы мүрәжатлери қабыл етилди. Соннан 75 аўызеки мүрәжат, 36 жазба арза қабыл етилди. 14 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди. 75 мүрәжат қанаатландырылып, 22 шағым ҳәм арза нызамлы көрип шығыў ушын қабыл етилди.
Усы күни усыныс ҳәм өтиниш хатлар тийкарында жаза өтеп атырған 61 шахс жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен алимент өндириў бойынша 14 суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Сондай-ақ, юридикалық фактти тастыйықлаў ҳаққында 2 пуқаралық иси көрип шығылып, унамлы шешим тапты. Ажырасыў жағдайында турған бир шаңарақ жарастырылды.
Көшпели қабыллаўда мүрәжатлери унамлы шешим тапқан 4 пуқара Жоқарғы суд баслығының атына жазба алғыснама билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги