2024-2025-оқыў жылынан баслап республикалық мәмлекетлик жоқары билдимлендириў мәкемелерине төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитурентлер ҳәм билим алып атырған студентлер ушын төлем мүддетлери төмендегише белгиленген:
- Белгиленген төлем муғдарының кеминде 25 проценти студентликке усыныс етилген абитурентлер ушын 2024-жыл 15-сентябрьге шекем яки Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетке шекем ҳәм екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын 2024-жыл 1-октябрьге шекем яки жоқары билимлендириў мәкемелери ректоры (директоры) тәрепинен созылатуғын мүддетке шекем;
- Белгиленген төлем муғдарының кеминде 50 проценти 2025-жыл 1-январьға шекем, 75 процентин 2025-жыл 1-мартқа шекем ҳәм 100 процентин 2025-жыл 1-майға шекем яки жоқары билимлендириў мәкемеси ректоры (директоры) тәрепинен созылатуғын мүддетке шекем.
Онда, бул тәртип қаржы еркинлиги берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ушын усыныслық харектерге ийе, делинеди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги хабарында, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги