Кеше түнде Европаның бир қатар қалаларында футбол бойынша УЕФА Миллетлер Лигасы топар басқышының 1-тур ойынлары болып өтти. Лиссабон қаласындағы  «Да Луш»  аренасында өткерилген Португалия ҳәм Хорватия ойынының 7-минутында Далот есапты ашқан болса, 34-минутта  Криштиану Роналду және бир мәрте дәрўазаны анық нышанға алып, өзиниң футболшылық кареьрасындағы 900-голын урыўға миясар болды.

Биринши тайм ақырында болса, Далоттың автоголы ушырасыўда есаптың қысқарыўына себеп болды. Буннан соң ойында есап өзгермеди ҳәм португаллар өзлери ушын әҳмийетли болған 3 упайды қолға киргизиўге еристи.

Усы топардағы екинши жуплықта болса, Польша сайланды командасы Глазго қаласында Шотландия менен ушырасып, онда 3:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, «А» топарында өткерилген Испания ҳәм Сербия сайланды командалары арасындағы ойында болса, есап ашылмады. Усы топардағы Дания ҳәм Швейцария ойыны болса, 2:0 есабы менен жуўмақланды.

«С» топарындағы Швеция ҳәм Әзербайжан ушырасыўында шведлер мийманда ойнаўына қарамастан, майдан ийелерин 3:1 есабында жеңип шығыўға еристи.

УЕФА Миллетлер лигасында 1-тур ойынлары бүгин де даўам етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы