Кеше Швейцарияның Цюрих қаласында жеңил атлетика бойынша «Бриллиант лига» жарысының Цюрих басқышы старт алды.
Бул абырайлы турнирде бүгин өзбекстанлы атлетикашы Сафина Садуллаева да өз шеберлигин көрсетеди.
Жарыс шеңберинде бийикликке секириў бағдарламасында елимиз ўәкилинен тысқары, әмелдеги дүнья жүзиниң рекордшысы ҳәм Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларының чемпионы украиналы Ярослава Магучих, Олимпиада ойынларының 2 мәрте гүмис медалы ийеси, австралиялы Никола Олислагерц, жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийелери украиналы Ирина Герашенко ҳәм австралиялы Элеанор Петтерсон сыяқлы күшли спортшылар жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
Жарыс мәмлекетимиз ўақты менен саат 21:30 да басланады.
Соны айтып өтиўимиз керек, Сафина буннан алдын 22-август күни «Бриллиант лига»ның Лозанна басқышында қатнасып, 8 упайды қолға киргизген еди.
«Бриллиант лига»ның финал басқышы болса, 13-14-сентябрь күнлери Бельгияның Брюссель қаласында болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы