Президентимиз турмыслық техника ислеп шығарыў тийкарынан ишки базар есабынан раўажланып киятырғанын атап өтти.
Өткен жылы ислеп шығарылған турмыслық техниканың 70 проценти базарда сатылған.
Сыртқы базарларда тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар көплиги бар гәп, бирақ экспорт базарларында ири узелли жыйнаў тийкарында ислеп шығарып, оларға комплектлеўши бөлек ҳәм ярым таяр өнимди артықша жыйымларсыз жеткерип бериў мүмкин.
Ендигиден былай қоңсы базарларға технология, маман қәниге ҳәм комплектлеўши бөлеклер жеткерип, Өзбекстанды регионаллық электротехника хабына айландырыў керек екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге қоңсы базарларда миллий брендлеримиз астында кеминде 15 тен жаңа өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў тапсырылды.
ӨзА