Ташкент 4-5-сентябрь күнлери және бир абырайлы илаж – Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Регионлараралық аксилтеррор структурасы (РАТС) Х халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференция қатнасыўшыларын қабыл етпекте.
Бирлескен халықаралық конференциялар жумысында ҒМДА ҳәм ШБШға ағза 20 мәмлекеттиң (атап айтқанда, ШБШға ағза мәмлекетлер ҳәм сөйлесиў бойынша шерик мәмлекетлер) ўәкилликли уйымлары, 9 Дослық аўқамы уйымларының жумысшы структуралары, ШБШ уйымларының 2 жумысшы структурасы, 22 илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў шөлкемлери ҳәм Интерпол, Жынаят дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары, ОҲИЧК сыяқлы 6 халықаралық шөлкемниң 10 ўәкиллик уйымларының 250 ге шамалас ўәкиллери (жәми 47 делегация) қатнаспақта.
Конференцияның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткери Виктор Маҳмудов Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжатын оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, бул әҳмийетли халықаралық форумның ШБШ ҳәм ҒМДА сыяқлы абырайлы регионаллық структуралар менен биргеликте шөлкемлестирилиўи кең регионымызда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша аўызбиршилик ҳәм өз- ара әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға болған умтылысты және бир мәрте тастыйықлайды.
Атап өтилиўинше, геосиясий кескинлик ҳәм келиспеўшиликлердиң күшейиўи, глобал қәўипсизлик институтлары ролиниң төменлеўи терроризм ҳәм экстремизм қәўиплерине қарсы гүресте ашық ҳәм нәтийжели халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Мәмлекетимиз басшысы нызамшылық базасын және де жеделлестириў ҳәм ШБШ РАТС ҳәм ҒМДАның Контртеррор орайы жумысы шеңберинде бундай қәўип-қәтерлерди шешиў ҳәм оларға жедел жуўап қайтарыў бойынша халықаралық бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған биргеликтеги әмелий илажларды өткериў ең әҳмийетли ўазыйпалар болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы, генерал-лейтенант Абдусалом Азизов өзиниң шығып сөйлеўинде ШБШ ҳәм ҒМДА мәканында болып атырған қурамалы ҳәм қарама-қарсы әскерий-сиясий процесслер мәмлекетлеримизден халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресте ҳәрекетлеримизди ҳәм муўапықластырылған илажларды бирлестириўди талап етеди, деп атап өтти.
ШБШ ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлигине қәўип салыўшы факторлар санап өтилди. Жағдай халықаралық терроршылық шөлкемлери баслықларының мәмлекетлеримизге қарсы өзлериниң бузғыншы режелеринен ўаз кешпегени менен және де қурамаласпақта.
– Аўғанстан ҳүкимети өз имканиятлары ҳәм ресурсларынан келип шығып, халықаралық терроризмге қарсы гүреспекте, аўған арнаўлы хызмети ИДХВға қарсы гүресте жетекшилик етип, айырым нәтийжелерге ериспекте. Сол себепли, душпанға қарсы биргеликте гүресиўимиз зәрүр, – деди А.Азизов.
Сондай-ақ, «Хорасан ўәлаяты»на қарсы гүресте Аўғанстанға жәрдем көрсетиў әҳмийетли, себеби қарсы илажларды төменлетиў бул топардың күшейиўине себеп болады, бул болса өз гезегинде, аймақ қәўипсизлигине қәўип салады. Соның менен бирге, өз-ара исеним, халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм киберҳүжимлерге қарсы гүресиў тараўында турақлы мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыўға тийкарланған даўамлы ҳәм муўапықласқан жумыста бирге ҳәрекет етиў жәрдеминде ғана мәмлекетлеримизде турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде унамлы нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлигине исеним билдирилди.
ШБШ Бас хаткериниң орынбасары Нуран Ниязалиев өз сөзинде ҳәзирги қурамалы геосиясий шараятта терроризм, экстремизм ҳәм оның менен байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў оғада әҳмийетли мәселе екенин атап өтти. ШБШ РАТС форумының ҒМДАның терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференциясы менен бирге өткерилиўин хошаметлеп, бундай қатнас регионаллық тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселесинде пикир алысыў ҳәм бул бағдарда өз-ара бирге ислесиў ушын келисилген усыныслар ислеп шығыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Илажда, сондай-ақ, ШБШ РАТС Атқарыў комитети директоры Р.Мирзаев сөзге шықты.
– Ҳәзирги геосиясий процеслер мәмлекетлер, бәринен бурын ШБШ ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң қәўипсизлиги ҳәм суверенитети ушын жаңа шақырықларды қәлиплестирмекте, бул әсиресе, ИШИД, Ал-Қоида ҳәм басқа топарлар тәрепинен терроршылық ҳүжимлери жоқары дәрежеде болған шараятта үлкен әҳмийетке ийе, – деди баянлатшы.
ҒМДАға ағза мәмлекетлер Контртеррор орайы баслығы Евгений Сисоев өз сөзинде Аўғанстанда терроршылық ҳәрекети сезилерли дәрежеде төменлегенин атап өтти. Ол регионаллық келиспеўшиликлер аймақларынан халықаралық терроршылық шөлкемлери жаўынгерлериниң кирип келиўин азайтыў мақсетинде аўған ҳәкимияты жағдайды турақластырыў, терроршылық топарларына қарсы гүресиў, сыртқы шегараларды беккемлеў бойынша жедел жумыслар алып барып атырғанын атап өтти.
Олардың қурамында бурынғы совет мәмлекетлери ўәкиллериниң көплиги ҒМДА ҳәм ШБШ мәмлекетлери арнаўлы хызметлери усы топар ҳәм басқа халықаралық шөлкемлерге қарсы гүресиўдеги ҳәрекетлерин бирлестириў мәселесин күн тәртибине қоймақта.
БМШ Бас хаткериниӊ орынбасары, Терроршылыққа қарсы гүрес басқармасы баслығы Владимир Воронков та қатнасыўшыларға видеомәражат жоллады. Ол өз сөзинде радикализмге қарсы гүрестиң заманагөй усылларына тоқтап, бүгинги күнде жынайый топарлар өзлериниң бузғыншы мақсетлерине ерисиў жолында жаңа технологиялар – санлы ҳәм қаржы қуралларынан пайдаланып атырғанын атап өтти. Баянатшы әнжуман қатнасыўшыларын терроризмге қарсы бирге ислесиўди және де беккемлеўге шақырды.
ШБШ Бас хаткериниӊ орынбасары Нурлан Сейтимов конференцияның әҳмийетли екенин атап өтип, оның ўәкиллик дәрежесин арттырыў ҳәм географиясын кеңейтиўге итибар қаратты.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының биринши орынбасары, генерал-майор Б.Турсунов сөзге шығып, ғәрезсиз раўажланыў жылларында дүньяның басқа мәмлекетлери сыяқлы Өзбекстан да терроризм ҳәм экстремизмниң түрли көринислерине дус келгенин атап өтти.
– Экстремистлик идеялардың бурынғы ҳәм потенциаллы тәрепдарлары менен социаллық ҳәм психологиялық ислесиў, оларды оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў, улыўма, өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыўға айырықша итибар қаратылмақта. Бундай өзгерис ҳәм көзқарас жоқары нәтийжелерди берип, халықаралық көлемде тән алынбақта. Атап айтқанда, 2019-жылдан берли 5 «Меҳир» гуманитар акциялары шеңберинде Сирия, Ирак ҳәм Аўғанстаннан 531 репатриант Өзбекстанға қайтарылды. Оларға социаллық, медициналық ҳәм басқа жәрдемлер көрсетилди. Нәтийжеде, бүгинги күнде репатриантлардың 90,2 проценти заманагөй турмыс тәризин алып бармақта, 9,8 проценти дәстүрий ислам динине сыйынады, – деди Б.Турсунов.
Атап өтилиўинше, 2021-2026-жылларға мөлшерленген терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режесиниң қабыл етилиўи бул бағдардағы түпкиликли бурылыс болды. Бул ҳүжжетлерде ҳуқық қорғаў структуралары, ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының пуқаралық жәмийети институтлары, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп берилген.
Конференция шеңберинде «Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресте миллий тәжирийбе», «Халықаралық терроризмге қарсы бирге ислесиў», «Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў жумысын илимий-ағартыўшылық тәрептен қоллап-қуўатлаў» сыяқлы темаларда панель додалаўлары болып өтти. Онда қатнасыўшылар қәўипсизликтиң ҳәзирги шақырықлары ҳәм ҳүжимлерин додалады. Халықаралық ҳәм регионаллық дәрежеде бирге ислесиўди беккемлеў бойынша биргеликте нәтийжели илажлар ислеп шығылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, ҒМДА Контртеррор орайының муўапықластырыўшы роли менен Дослық аўқамы мәмлекетлериниӊ ўәкилликли уйымларының «Шығыс – Аксилтеррор – 2024» биргеликтеги контртеррор шынығыўлары өткерилиўи режелестирилген. Шынығыўлар әҳмийетли инфраструктура объектлери ҳәм адамлар тығылыс орынларда терроршылық ҳүжимлерин анықлаў ҳәм шешиў бойынша биргеликтеги контртеррор илажларын өткериўде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиӊ ўәкилликли уйымлары жумысын жедделестириўге қаратылған.
Конференция шеңберинде сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиӊ делегациялары ағзалары Ғәрезсизлик монументине гүл қойды. Мәмлекетимизге сапары ўақтында жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының усы естеликке гүл қойыўы жақсы дәстүрге айланған.
Алпамыс МАШРАБХОНОВ,
ӨзА хабаршысы