Түркияның Анқара қаласында Әлийшер Наўайының естелиги орнатылды. Бул ҳаққында Өзбекстанның Түркиядағы елшиханасы хабар берди.
Атап өтилгениндей, естеликтиң ашылыў мәресими «Бир болсақ- бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында өткерилип атырған Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы илажлары шеңберинде шөлкемлестирилген.
Илажда шығып сөйлеген елши Әлийшер Аъзамхўжаев Әлийшер Наўайы естелигиниң орнатылыўында үлес қосқанлар, соның ишинде, Кечиўрен районы ҳәкимлиги ҳәм Башкент университети Әлийшер Наўайы изертлеў орайы басшысы Абдураҳмон Гўзалға айрықша миннетдаршылық билдирген.
«Анқарада уллы ата-бабаларымыздың даңқлы естелигиниң ашылыўы тек ғана бизлер ушын емес, ал Түркиядағы барлық досларымыз, ҳәттеки пүткил түркий дүньядағы туўысқанларымыз ушын үлкен мақтаныш екенине шын қәлбимден исенемен» дейди елши.
Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем Москва, Душанбе, Астана, Токио, Минск, Шанхай, Сеул ҳәм Баку қалаларында Әлийшер Наўайының естеликлери орнатылған,-деп жазады xs.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги