Республикамыздағы барлық оқыў дәргайларында болғанындай Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 26-санлы орта билим бериў мектеби жәмәәти де жаңа оқыў жылын көтериңки кейпиятта баслады.

Жаңа оқыў жылының басланыўына бағышланып өткерилген илажда тәлим дәргайы директоры Баҳадыр Акимов ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм «Билимлер күни» байрамы менен қызғын қутлықлап, быйылғы жылы мектеп босағасына қәдем таслап атырған 95 оқыўшыға Президент саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Соңынан мектепте жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылып, «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз» сүрени астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.

-Баслаўыш класс, әсиресе, биринши класс оқыўшылары менен ислесиў үлкен жуўапкершилик талап  етеди, – дейди баслаўыш муғаллими Зухра Утепова. – Сонлықтан, бизлер оқыўшылардың сабаққа үлгериўи ушын тек олар менен емес, ал, ата-аналары менен де тығыз бирге ислесиўге хәрекет етемиз. Себеби, оқыўшы әўел баста сабақларды жақсы өзлестире алмаса, оқыўға қызығыўшылығы төменлейди. Соның ушын ата-аналар перзентлерин тек муғаллимге исенип қалмастан, үйде оқыўын қадағалап барыўы, оқыўы ҳәм тәрбиясына итибарлы болыўы зәрүрлигин уқтырамыз.

Ҳәр бир класста өткерилген ғәрезсизлик сабақларында оқыўшыларға ең уллы, ең әзийз байрамымыз тарийхы, сондай-ақ, елимизде соңғы жыллары әмелге асырылған үлкен реформалар, жаңаланыўлар сәўлеленген видео роликлер де қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги