Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов БМШ Бас хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азия ушын Превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы басшысы Каха Имнадзе менен ушырасыў өткерди.
Орайлық Азияның барлық мәмлекетлери тәрепинен регионда, соның ишинде, Аўғанстанда да, улыўма абаданлық жолында алып барылып атырған ис-ҳәрекетлерди турақлы түрде БМШ ҳәм оның миссиялары турақлы қоллап-қуўатланып атырғаны жоқары қәдирленетуғыны атап өтилди.
Бир жағадан бас шығарыў ҳәм алға умтылыў, барлық мәселелерди шешиў ҳәм келешек әўладлар бүгинги ҳәрекетлер нәтийжелеринен пайдаланатуғын ең қолайлы шараятлар жаратыў ушын ҳәзиргидей жақсы пурсат болмайтуғыны айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги