31- август – Репрессия қурбанларын еслеў күни

 

Базы бир жигитлер ойнап аңғалақ,

«Қызай» аңлыў менен жатқан деседи.

Аўзына келгенин сырттан сандалап,

Көзимше «қосығың қатқан» деседи.

Қосықты бурмалаў ушын ҳәр қашан,

Ҳасла кереги жоқ ақыл ҳәм ҳүждан.

Пыстырмада ат үркитип тасадан,

Мәплениўге олар шаққан деседи.

Жыйыстырып мийрим, инсап, арды да,

Сәл сүринсең, атлап өтер алдыға.

Сейфулғабит пенен Избасарды да,

Усындайлар иске шатқан деседи.

 

И. Юсупов

Май, 1988-жыл

Қарақалпақстан хабар агентлиги