Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамы алдынан мәмлекетимиздеги 100 жастан асқан нуранийлеримиз “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды.
Олардың арасында Төрткүл районы Мискин мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 110 жасқа шыққан Саадат апа Абдуллаева да бар.
Саадат апа көп жыллар даўамында аўыл хожалығы ҳәм мәмлекетлик уйымларда жемисли мийнет етти. Өзиниң пүткил өмири даўамында перзентлерине ҳадал мийнет етиўди үйреткен апамыз бүгин ҳүрметли нураний.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов теберик анамызды байрам менен қутлықлап, оған “Шуҳрат” медалын тапсырды.
Өз гезегинде анамыз кексе әўлад ўәкиллерине итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болыўын тилеп, пәтиясын берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги