Нөкис қаласындағы Ашық театрда Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған “Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам салтанаты жоқары көтериңки руўхта өткерилди.

Президентимиздиң усы жыл 18-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды.  Атап айтқанда байрам алдынан ““Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” деген идеяны өзинде жәмлеген түрли илажлар өткерилмекте. Ҳәр жылдағыдай, быйылғы жылы да байрам алдынан бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Байрам салтанатында  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп,  жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде кѳп миллетли, мәрт ҳәм кеӊпейил халқымыз беккем аўызбиршиликте раўажланыўдыӊ жаӊа басқышларына қарай исенимли қәдем қоймақта. Быйылғы байрам илажлары болса инсанлар қәлбинде ҳәр қашанғыдан да жоқары тәсирлер қалдырмақта.

Ҳақыйқатында да, ғәрезсиз елимиз байрағы астында жасап ҳәм мийнет етип атырған кѳп миллетли халқымыз арасында мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм кеӊпейиллик пазыйлетлери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилгени, олардың арасында миллетлер аралық татыўлық ҳәм ѳз-ара дослық қатнасықлары буннан былайда беккемленип атырғаны бул – ҳеш нәрсе менен салыстырып ҳәм баҳалап болмайтуғын теӊсиз байлығымыз саналады.

Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде барлық қала ҳәм районларымыз үлкен қурылыс майданына айланып, ең шетки аўылларымыздың да келбети ѳзгерип, жаӊаша шырай ашпақта. Барлық тараўларда раўажланыўлар ҳәм жаңаланыўлар кѳзге тасланбақта. Бунда, әлбетте ѳткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын 15 тен аслам пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени айрықша орын ийелейди.

Мысаллар менен айтатуғын болсақ. қарақалпақстанлы жаслардың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын быйылғы жылы да қосымша 10 мың квота ажыратылыўы ҳәм бул жаңалық мыңлаған ата-аналардың қуўанышына себеп болып атырғаны, соның ишинде, 1000 жас Ташкент қаласындағы, 7000 жас ўәлаятлардағы, 2000 жас Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына қабыл етилмекте.

Усылар менен бир қатарда, дийқан ҳәм фермерлеримиздиң тийкарғы қол-қанаты есапланған техникаларды алыў ушын лизинг шәртлериниң жеңиллестирилиўи нәтийжесинде усы жылдың өзинде жәми 726 дана аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатлары сатып алынып, кадастры жоқ 27 мың 590 турақ жайдың ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары бойынша тийисли ҳүжжетлери ислеп берилди. Буннан тысқары, исбилерменлерге инвестиция киргизиў шәрти менен улыўма баҳасы 3,8 триллион сумлық 87 жойбар бойынша жәми 793,3 гектар жер майданлары тиккелей ажыратылды.

Өзинде жоқары мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеген быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” қуўанышлы тарийхый ўақыялары менен халқымыздың ядында қалмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың бир неше жыллық әрманы орынланып, Әмиўдәрья үстинен ѳтиўши заманагѳй кѳпирдиң пайдаланыўға тапсырылғаны, көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған дүньядағы ең үлкен Қара үй Нѳкис қаласында бой тиклеп, Гиннестиң рекордлар китабына киргизилгени, “Нөкис – Мойнақ”, “Нөкис – Стамбул” ҳәм “Нѳкис – Алмаата” жөнелислери бойынша авиа-қатнаўлардың, сондай-ақ, “Нѳкис – Манғыстаў” жѳнелисинде поезд қатнаўының жолға қойылғанын атап өтиў орынлы. Президентимиздиң  исбилерменлер менен гезектеги ашық сөйлесиўи Нѳкис қаласында ѳткерилгени оларға және де кең имканиятлар жаратып бермекте.

Соның менен бирге, жақын күнлерде халықаралық көлемдеги Бизнес форумды ҳәм Халықлар дослығы фестивалын, сондай-ақ, классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығын, көркем өнер ғайраткери Атажан Худайшукуровтың 80 жыллығын кең түрде белгилеў ушын қызғын таярлықлар кѳрилмекте.

Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Музыка фонында бул жерде орнатылған монитор арқалы Президентимиздиң басшылығында ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар, республикамызда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары  ҳәр бир қатнасыўшыда айрықша қуўаныш және мақтаныш сезимлерин пайда етти.

Байрам тамашалары республикамыз көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Соның ишинде жас спортшылардың көргизбели шығыўлары, Арқа-батыс әскерий округи әскерлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының, туўысқан халықлардың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар бәршеге көтериңкилик байрам кейпиятын бағышлады.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған бундай илажлар республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы