Халқымызды елимиздиң уллы байрамы саналған Ғәрезсизлик байрамына жақынластырмақта. Бүгинги күни республикамыздың барлық аймақларындағы қала менен аўыллар, көше ҳәм қыябанлар байрам липасына бөленип, оларда ең әзиз байрамға бағышланған илажлар өткерилмекте.
Басқа аймақларда болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районы халқы да байрамды көтериңки кейпиятта белгилемекте. Атап айтатуғын болсақ, район орайындағы «Дәўқара» стадионында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына арналып, «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында байрам илажы болып өтти.
Онда район ҳәкими Жамбул Адилов сөзге шығып, район халқын Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм ғәрезсизлик жылларында ҳәр бир тараўлардағы жетискенликлерди атап өтти.
Соңынан илажда республикамызға белгили көркем өнер хызметкерлери тәрепинен байрамға арнап таярланған йошлы концерт бағдарламасы қойып берилип, бул қатнасыўшыларға көтериңки руўх бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги