Франция пайтахты Париж қаласында 28-сентябрь XVII Паралимпиада ойынлары басланды. Онда 20 спорт түри бойынша 4400 параатлетлер қатнаспақта.
Бул жарыста 9 спорт түри бойынша 113 лицензияны қолға киргизген мәмлекетимиз паралимпиадашылары кеше еки спорт түри бойынша беллесиўлерге киристи ҳәм еки параспортшымыз медальларды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлар арасында S13 классында 100 метр аралыққа баттерфлей усылында жүзиў бойынша пара жүзиўши Муслима Адилова қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Бул Муслиманың Паралимпиада ойынларындағы екинши медалы болып, ол буннан алдын Рио—2016 жазғы Паралимпиада ойынларында жеңимпазлар қатарынан орын алған еди.
Ал, пара таэквондо спорты бойынша ҳаял-қызлар арасында -47 кг салмақта қатнасқан өзбекстанлы Зиёдахон Исоқова финалға шекем жетип келип, алтын медал ушын болған беллесиўде перули Леонор Анжелика Эспиноза Каррансаға 10:4 есабында жеңилип қалды ҳәм Паралимпиада ойынларының гүмис медалына миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги