Өзбекстан Илимлер академиясы президенти, физика-математика  илимлериниң докторы, академик, Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери Беҳзод Йўлдошев кеше, 28-август күни қайтыс болған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев бүгин кеўил билдириў ушын оның шаңарағына барды. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Мәмлекетимиз басшысы марҳумның саўаплы ислерин , Ўатанымызға хызметлерин еске алды.


Беҳзод Йўлдошев 1945-жылы  9-майда Ташкент қаласында туўылған. Мийнет жолын 1968-жылы Илимлер академиясының Ядро физикасы институты стажёр –изертлеўшиси сыпатында баслаған. Жоқары энергиялар физикасы тараўында халықаралық көлемде кеңнен тән  алынған илимпаз Ядро Физикасы институты директоры, Илимлер академиясы президенти лаўазымларында өзиниң жоқары илимий ҳәм шөлкемлестириўшилик потенциалын көрсетти. Жоқары маман илимий кадрлар таярлаў, сырт ел илимий орайлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, илимий нәтийжелерди экономикалық тармақларда қолланыў жумысларына мүнәсип үлес қосқан. Ол Атом энергиясы бойынша халықаралық агентликте ҳәм университетлерде ислеген, көплеген ири жойбарларға басшылық еткен.


Б.Йўлдошев Олий Мажлис депутаты, кейинги ўақытта Олий Мажлис Сенаты ағзасы сыпатында нәтийжели жумыс алып барып, нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде пидайылық көрсетти.

Академик Б.Йўлдошевтиң мәмлекетимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, «Фидокорона хизмалари учун» ҳәм «Меҳнат шуҳрати» орденлери, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери» атағы менен сыйлықланған еди.


Мәмлекетимиз басшысы марҳумның өмирлик жолдасы ҳәм перзентлерине кеўил билдирип, сабыр тиледи. Олар шаңарағына келип, кеўил билдиргени ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

ӨзА