Нөкис қаласындағы Қоскөл мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы алдында халқымызға жаңадан қурылған усы жыйын имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға тийисли тараў басшылары, мәҳәлле турғынлары, нуранийлер, көше бийлери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Пиримбетов, «Нураний» қоры Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы К.Календеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. Мәҳәлле китапханасына әдебий китаплар саўға етилди.
Мәҳәлле нуранийлери ҳәм жасы үлкенлер өз пәтиясын берип, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәҳәлледе халықтың абаданлығы ушын алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында айтып, өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
Хақыйқатында да, бул имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мәҳәлледе жасы үлкен, жасы кишилерди де бирдей қуўандырды. Себеби, имаратта мәҳәлле баслығынан баслап ҳаял-қызлар белсендисине шекем, яғный, мәҳәлле жетилиги хызметкерлериниң аймақ турғынларына мүнәсип хызмет көрсетиўи ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған.
Буннан соң келген мийманлар жаңа имараттын қолайлықлары, онда мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлери менен белсендилери ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги