ФОТОРЕПОРТАЖ

Нөкис қаласындағы 1-спорт мектебинде саламатландырыў илажы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 16-июньдағы «Халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасын енгизиўдиң шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген спорт беллесиўинде қаладағы барлық мәҳәллелерден 30 жастан 70 жасқа шекемги, жәми 200 ден аслам үлкен жастағы ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.



Қатнасыўшылар белгиленген аралыққа жуўырыў, турған орнынан узынлыққа секириў, теннис тобын ылақтырыў, гимнастика отырғышынан аяқ дизелерин бүкпей алдынға ийилиў, баскетбол торына топты түсириў сыяқлы бир неше шәртлерди орынлады.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ, (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги