Өзбекстан елшиси Ойбек Шахавдинов Словенияның Йожеф Штефан атындағы институтының Мәлимлеме технологиялары тараўындағы билимлерди жеткериў орайы басшысы Митей Ермол ҳәм «Регионаллық байланыс» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми директоры Катей Гершак пенен онлайн ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўлер даўамында еки мәмлекет илимий-изертлеў институтлары арасындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды. Перспективалы бағдарлар – мәлимлеме технологиялары, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыўға жасалма интеллект технологияларын енгизиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди.
Өзбекстан Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясаты институты делегациясының июль айында Любляна қаласына сапарының жуўмақлары бойынша мағлыўмат берилди.
Тәреплерди қызықтырған тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги