-Бүгин турмыс, заман кескин өзгермекте. Барлық қыйыншылықларға қарамастан, мәмлекетимиз барлық тараўларда исенимли түрде алға бармақта. Жаңа Өзбекстанның бүгинги раўажланыўына, әлбетте, мине усындай үлкен жеңислер жарасады.
Усы мәнисте, сизлер Парижде ерискен нәтийжелериңиз бенен өз атыңызды миллий спортымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен мөрлеп қойдыңыз.
Сизлер халқымыз қәлбиндеги миллий уллы туйғыны ҳәр тәреплеме жоқары көтердиңиз. Ең әҳмийетлиси, бундай уллы жеңислер ел-халқымызды руўхландырады, және де бирлестиреди. Олар жасларымыз ушын мәртлик ҳәм күш, үлги ҳәм даңқ-мәртебе мектеби болып хызмет етеди.
Гуман жоқ, бул дүнья жүзилик жеңислерде сиз, әзиз спортшыларымыз бенен бирге талапшаң ҳәм пидайы устаз-тренерлер, қәниге ҳәм жуўапкер басшылар, сизлерге шын қәлбинен әўмет тилеп турған пүткил халқымыздың үлеси де оғада үлкен,-деди Президент.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Париж Олимпиадасында қатнасқан спортшылар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасып даўам етпекте.
ӨзА