Усы жыл 8-10-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын тоқымашылық ҳәм мода санаатындағы ең ири халықаралық илаж – Халықаралық тоқымашылық ислеп шығарыўшылары федерациясы – ITMF жыллық конференциясы және ITMF – Халықаралық аккредитация форумының «World Fashion» биринши биргеликтеги конференциясы бизнес бағдарламасы жәрияланды.
«Инновация, бирге ислесиў ҳәм тәртипке салыў – тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаатын раўажландырыў» темасындағы әнжуман түрли сессиялар, эксперт додалаўлары арқалы дүнья тоқымашылық санаатындағы ең әҳмийетли машқала ҳәм тенденцияларды сәўлелендирип береди.
«Ўзтўқимачиликсаноат» ассоциациясы жәрдеминде шөлкемлестирилетуғын форумда 500 ден аслам қәниге, соның ишинде жетекши халықаралық тоқымашылық компаниялары, брендлер, қаржы институтларының ўәкиллери ҳәм ритейлерлер қатнасады.
Конференцияның талшықларға бағышланған биринши күнинде тәбийғый пахта ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў темасы көтериледи. Атап айтқанда, «Indorama Corp» (Сингапур), «Global Textile» (Өзбекстан) ҳәм «Cotton Analytics» (АҚШ) компаниялары қәнигелериниң қатнасыўында пахтаның атыздан мода санаатына шекемги жолы, соңғы 50 жыл ишинде глобал пахта санаатында жүз берген унамлы жаңалықлар, соның ишинде мәмлекетимиздиң дәстүрден инновацияға өтиўи ҳәм бул бағдардағы өзгерислер додаланады.
Кейинги бөлим жасалма талшық ислеп шығарыў ҳәм дүнья тоқымашылық санаатында тәбийғый материалдың жетиспеўшилиги мәселесине бағышланады.
Бағдарлама бойынша екинши, тийкарғы күнде кең көлемли әҳмийетли машқалалар, глобал тенденцияға итибар қаратылады. «Cotton Analytics» (Бельгия) Европа Аўқамының турақлы тоқымашылық стратегиясы ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективасын таллайды, Америка кийим-кеншек ҳәм былғары аяқ кийим ассоциациясы – AAFA ўәкили Стив Ламар Қурама Штатлардағы тәртипке салыў прогнозын сыпатлайды. Санластырыў ҳәм жасалма интеллектиң тоқымашылық өндирис шынжырындағы орны ҳәм санаатта жоқары маман кадрлар жетиспеўине айрықша итибар бериледи. Қатнасыўшылар AAFA менен санлы таңбалаў, сондай-ақ DMIx (Германия) эксперти Кристиан Лотт пенен тарқатыўды санластырыў темасын додалайды. Буннан тысқары, маманлыққа байланыслы машқаланы шешиўде жасалма қабыллаўдың роли атап өтиледи. Екинши күнди Регистан комплексинде өтетуғын жарқын нур ҳәм модалар көргизбеси жуўмақлап береди.
Биринши биргеликтеги конференция глобал тоқымашылық санаатындағы әжайып жеңислер ҳәм стартапларды тән алыў мақсетинде ITMF сыйлықларын тапсырыў мәресими менен жуўмақланады. Жуўмақлаўшы бирге ислесиў сессиясы «Inditex» (Испания), «Epic Group» (Гонконг), Халықаралық қаржы корпорациясы IFC ўәкиллерин турақлылық ҳәм шығындыны қысқартыў илажларының келешеги мәселесин додалаў ушын бирлестиреди. Исбилерменлик бөлиминиң ақырында делегатлар бай мәдений бағдарлама, соның ишинде, жергиликли тоқымашылық өндириси жетискенликлерин көриў ушын Уллы жипек жолындағы тийкарғы түйинлерден бири – ески Бухараға барады.
Тараў жетекшилери халықаралық сөйлесиўиниң даўамы сыпатында 2024-жыл 13-сентябрь күни Ташкентте «Global Textile Dialog» форумы режелестирилген.
ITMF – тоқымашылық ислеп шығарыўшыларының мәпин көрсететуғын глобал саўда ассоциациясы пүткил дүнья бойлап бирге ислесиўди кеңейтиў, санаатты раўажландырыў, турақлылықты хошаметлеў жолында жумыс алып барады.
IAF – Халықаралық кийим-кеншек федерациясы да әне, усы бағдардағы жетекши глобал ассоциация сыпатында халықаралық сөйлесиў арқалы санааттың раўажланыўын қоллап-қуўатлайды, тийкарғы машқалалар, имканиятларды үйренеди.
Муҳарамма Пирматова, ӨзА