Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси Республика Кеңеси Баслығы Наталья Кочанова басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан хәм Беларусь арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды және де тереңлестириў, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў алдынан Наталья Кочанова мәмлекетимиз басшысына Беларусь Президенти Александр Лукашенконың қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан Президенти быйылғы жылдың февраль айында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып, сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жеделлессип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Товар алмасыў көлеми артпақта, санаат кооперациясы жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта, аймақлараралық исбилерменлик байланыслары күшеймекте, мәдений-гуманитарлық бағдарламалар шеңбериндеги илажлар турақлы өткерилмекте.
Усы күнлери Ташкент қаласында өткерилип атырған парламентлер шеңбериндеги биргеликтеги илажлар, атап айтқанда, Өзбекстан Олий Мажлисиндеги ушырасыўлар ҳәм екинши ҳаял-қызлар бизнес форумының табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Еки мәмлекет арасында саўда, санаат, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўдиң анық жойбарларын алға қойыўға қаратылған жедел парламентлераралық байланысты даўам етиў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА