Қазақстанның Kaspi финтех компаниясы Humo төлем системасының операторы болған «Миллий банклераралық процессинг орайы» АЖ устав капиталындағы 100 процент мәмлекет үлесиниң аукцион саўдасында қатнасыў тилегин билдирди. Тийисли хат Өзбекстан Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң мәсләҳәтшиси сыпатында жумыс алып барыўшы Deloitte халықаралық компаниясына жиберилген.
Forbes.kz баслымының компания баслығы ҳәм жәрдемши шөлкемлестириўшиси Михаил Ломтадзеға сүйенип жазыўынша, компания Humo төлем системасының әмелдеги бизнес моделин раўажландырыўды режелестирмекте.
– Биз нақ пулсыз төлемлер өсиўине түртки беретуғын ҳәм экономиканың раўажланыўына үлес қосатуғын төлем технологиялары ҳәм хызметлерин жетилистириў бойынша үлкен тәжрийбемизге сүйенип, Humo төлем системасының әмелдеги бизнес моделин ислеп шығыўды режелестирмектемиз, – дейди Михаил Ломтадзе.
Ол, сондай-ақ, компания Өзбекстанда технология ҳәм хызметкерлерге үлкен қаржы киргизиўди режелестирип атырғаны, бул болса төлем хызметлерин барлық қатнасыўшылар ушын және де қолайлы ететуғынына исенимин билдирген.
Еслетип өтемиз, Humo – бул Өзбекстанда ҳәм сырт елде операцияларды әмелге асырыў ушын банк карталарына тийкарланған төлем системасы болып, онда 27 миллион дана HumoCard айланысқа шығарылған, 6 400 банкомат ҳәм 210 мыңнан аслам терминаллар бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги