Аўғанстанның Өзбекстандағы елшиханасы басшысы және алмасты

132

Аўғанстан Ислам Әмирлиги Сыртқы ислер министрлиги рәсмийи Зокир Жалолийдиң «Tolonews» басылымына билдириўинше, Абдулғаффар Тиравий әмирликтиң Өзбекстандағы елшиси сыпатында таныстырылған.

Жалалдың қосымша етиўинше, бул бағдарда еки тәреп те келисип алған ҳәм жаңа тайынланған елши тез арада Ташкентте өз ўазыйпасын баслаўы күтилмекте.

Ол, сондай-ақ, айырым мәмлекетлер менен дипломатиялық қатнасықлар дәрежесин арттырыў бойынша келисимлерге ерисилгенин атап өтти.

Сыртқы ислер министрлигиниң үшинши сиясий департаменти директоры:

«Өткен үш жыл ишинде Ислам Әмирлиги өзин турақлы ҳәм күшли мәмлекетлик сыпатында тастыйықлады ҳәм күн сайын регион ҳәм дүнья жәмийетшилиги бул ҳақыйқатты аңлап бармақта. Жақын келешекте Абдулғаффор Тиравий де Ислам Әмирлигиниң Ташкенттеги  елшиси сыпатында жумыс баслайды», – дейди Жалолий.

Тиравий аўғанстанлы өзбеклерден болып, усыған шекем Аўғанстан Жоқары судында изертлеў бөлими директоры лаўазымында ислеген.

Ол Өзбекстандағы елши лаўазымында Абдул Ғаффор Бахрдың орнын ийеледи.

Еслетип өтемиз, Абдул Ғаффор Бахр усы жылдың апрель айында Аўғанстанның Ташкенттеги елшиханасына басшы етип тайынланған еди.

Өз ўақтында, Абдул Ғаффор Бахр да бул лаўазымда 3 ай да ислемеген «Талибан» кән ҳәм нефть министри Шаҳобиддин Делавердиң улы Мағфуруллоҳ Шаҳобтың орнын ийелеген еди. Мағфуруллоҳ Шаҳоб усы ҳүкиметтеги ағайиншилик байланыслары себеп жумыстан алынған,- деп мәлимлеме береди xabar.uz  сайты.

                                                                                 Қарақалпақстан хабар агентлиги