Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў, сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди әмелий мазмун ҳәм әҳмийетли басламалар менен байытыў, тийкарғы бағдарлардағы байланысларды кеңейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў, биргеликтеги жойбарларды жедел алға қойыўға қосқан жеке үлеси, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз халықларының көп әсирлик дослығы ҳәм аўызбиршилигин және де беккемлеў жолындағы үлкен хызметлери ушын төмендегилер Өзбекстан Республикасының «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын:
Карин Ерлан Тынымбай улы- Қазақстан Республикасының Мәмлекетлик кеңесгөйи
Желдибай Руслан Султан улы- Қазақстан Республикасы Президентиниң ишки сиясат ҳәм коммуникация мәселелери бойынша жәрдемшиси
Жумангарин Серик Макашевич- Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары
Балаева Аида Галимовна – Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министри
Атамқулов Бейбут Бакирович– Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси
Хашимжанов Икрам Акрамович – Қазақстан Республикасы Өзбеклер этномәдений бирлеспелери аўқамы баслығы
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев
ӨзА