Telegram жәмәәты социаллық тармақтың тийкарын салыўшысы ҳәм бас директоры  Павел Дуровтың қамаққа алыныўына биринши мәрте рәсмий баянатын жәриялады деп хабар береди xs.uz.

Telegram Европа Аўқамы нызамларына, соның ишинде Санлы хызметлер ҳаққындағы нызамға әмел етеди – оның модерациясы санаат стандартлары шеңберинде ҳәм турақлы түрде жетилистириледи.

Telegram бас директоры Павел Дуровтың жасыратуғын ҳеш нәрсеси жоқ ҳәм Европа бойлап тез-тез саяхат етеди.

Платформа ямаса оның ийеси усы платформадағы хуқықбузарлықлар ушын жуўапкер екенлигин даўа етиў қуры сөз болып есапланады

Дүнья көлеминде дерлик бир миллиард пайдаланыўшы Telegramнан байланыс қуралы ҳәм турмыслық мағлыўматлар орайы сыпатында пайдаланады.

«Биз бул жағдайдың тезрек шешим табыўын күтпектемиз Telegram сиз бенен», делинеди баянатта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги