Самарқандта “Уллы ата-бабалар мийрасы – III Ренессанс тийкары” Халқаралық конгрессинде дүньяның 300 ге шамалас илимпазлары, музей ҳәм китапхана басшылары, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң ўәкиллери Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы менен танысып, додалаўлар өткерилмекте.

Бүгин конгресс шеңберинде Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийети (WOSCU) ҳәм Ислам цивилизациясы орайының «114 Қуран», «Өзбекстан қуранлары», «Өзбекстанның сийрек ушарасатуғын қолжазба дүрданалары» сыяқлы әҳмийетли жойбарларының презентациясы болып өтти, деп мәлимлеме береди хс.уз

Жойбар презентациясы алдынан конгресс қатнасыўшыларына «114 Қуран» атамасындағы видеоролик көрсетилди. Онда түрли мәмлекетлик музейлерде сақланып атырған Қуран нусқаларын бир баспа астында бирлестирип жаңа факсимель нусқасын баспадан шығарылатуғыны мәлим етилди. Жаңа факсимель баспада болса 7-әсирден баслап 20-әсирге шекем дүньяның түрли орынларында көширилген Қуран нусқаларын қамтып алып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Неге 114 деп аталғаны да ашықланды. Изертлеў модераторларының берген мағлыўматына бола, Қураны кәримдеги сүрелердиң 114 тен қуралғанына итибар қаратылған.

Бул жойбардың баспадан шығарылыўында «Mueller & Schindler» басылымы менен бирге ислесиў жолға қойылғаны мәлим етилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги