Өзбекстанда банктен кредит алған пуқараларға сырт елге шығыўға шеклеў қойылған ба? Орайлық банктиң Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм коммуникациялық сиясат департаменти директоры Акмал Назаров бул ҳаққында мағлыўмат берди.

Оның билдириўинше, қағыйдаға бола, банк ҳәм пуқара арасындағы қатнасықлардың барлық пуқаралық ҳуқықый шәртнама есапланған кредит шәртнамасы менен тәртипке салынады. Банк пенен пуқара арасындағы шәртнамада пуқараның сырт мәмлекетке шығыўына шеклеў орнататуғын ҳеш бир қағыйда жоқ. Болған жағдай да да нызамсыз болып есапланады.

«Себеби Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32-статьясына тийкарланып ҳәр ким Өзбекстаннан сыртқа еркин шығыў ҳуқықына ийе. Бул дегени кредит шәртнамасы сизиң сырт елге шығыўыңызды шеклеўи Конституция қағыйдаларына қарсы есапланады» дейди Акмал Назаров.

Соның менен бирге, айырым жағдайларда, атап айтқанда, пуқара қарызларын ўақтында төлемеген ҳәм жумысы МИБқа шыққан жағдайда қарыздардың сырт елге шығыўы шеклениўи мүмкин екени атап өтилди, деп мәлимлеме береди хс.уз

Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы нызамға тийкарланып, суд ҳүжжети тийкарында берилген орынлаў ҳүжжети яки орынлаў ҳүжжети болған суд ҳүжжетиндеги талаплар белгиленген мүддетте қарыздар шахс тәрепинен кеширимли себепке бола яки өз басламасы менен қарыздар физикалық тәрептиң Өзбекстаннан шығыўын ўақытша шеклеў ҳаққында қарар шығарыўға ҳақылы.

«Есаптан тысқары жағдайлар болмаса, банктен кредит алған пуқараның сырт елге шығыў ҳуқықы шекленбейди» деп атап өтти Орайлық банк ўәкили.

Тек суд уйымларының қарары менен ғана пуқараның сырт елге шығыўына шеклеў қойылыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги