Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамы “UNA-OIC” хабар бериўинше, 2-сентябрь, дүйшемби күни Патша Салмон халықаралық араб тили академиясы ИБШ мәлимлеме агентликлери аўқамы менен бирге «Мәлимлеме агентликлеринде арабша контентти кеңейтиў» атамасындағы виртуал симпозиум өткереди.

Әнжуманда Шөлкемниң Бас секретарияты, араб тилинде сөйлеспейтуғын ИБШға ағза мәмлекетлердиң экспертлери ҳәм рәсмий мәлимлеме агентликлерин ўәкиллери де қатнасады.

Вебинарда араб тилинде контент таярлаў менен байланыслы машқалаларды сапластырыў жоллары ҳәм басқа зәрүрли шешимлер додаланады, хызметкерлердиң редакторлаў маманлығы, сондай-ақ, келешек бағдарламаларына тийкар жаратыў көнликпеси талланады.

Илажда Академия, ИБШ ҳәм шөлкемге қараслы структуралар арасындағы бирге ислесиў шеңберинде араб тили халықаралық форумларда рәсмий тил сыпатында қолланыўы, жаңалық ҳәм хабарлар тиккелей синхрон аўдармаланыўы мәселеси де көтериледи.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА