Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм бай мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосып киятырған сиз, әзизлерди «Уллы ата-бабалар мийрасы- Үшинши Ренессанс тийкары» темасындағы VIII халықаралық конгресстиң ашылыўы менен шын жүректен қызғын қутлықлайман.

Дүньяның узақ ҳәм жақын мәмлекетлеринен келген сизлер сыяқлы көзге көринген илим ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, илимпаз ҳәм изертлеўшилер, эксперт ҳәм реставраторлар, музейтаныўшы ҳәм басқа онлаған тараў қәнигелериниң уллы ойшыллар үлкеси болған, биринши ҳәм екинши Шығыс ренессансын жаратыўда үлкен орын тутқан елимиздеги илимий-мәдений мийрас үлгилерин үйрениўге үлкен қызғыўшылық ҳәм итибар менен қарап атырғаны бизлерди, әлбетте, қанаатландырады.

Бул бағдарда Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил дүнья жәмйиетшилиги тәрепинен өткерилип атырған халықаралық әнжуманлар үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Конгресстиң сегизинши мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизде қурылып атырған, мәдений-гуманитарлық бағдардағы мегажойбар – Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы жумысының ҳәзирги ҳәм келешекке мөлшерленген илимий бағдарлама ҳәм режелериниң додаланыўы, айрықша, дыққатқа ылайық болып табылады.

Онда уллы алымларымыз ҳәм ойшылларымыздың дүнья, атап айтқанда, мусылман илими ҳәм цивилизациясының раўажланыўына қосқан мүнәсип үлеси, муқаддес ислам дининиң адамгершилик мәниси бойынша фундаментал исзертлеўлер өткериўге байланыслы бағдарламалар, илимий жойбарларды ислеп шығыў, оларды әмелге асырыўға қаратылған илажлар, әлбетте, өз-ара бирге ислесиўимиз ушын жаңа имканият ҳәм перспективаларды ашып береди.

Бул ҳаққында сөз етилгенде, сизлердиң қатнасыўыңызда таярланған «Өзбекстан мәдений мийрасы дүнья топламларында» жойбары шеңберинде 70 томлық китап-альбомлар баспадан шығарылып, елимиз ҳәм сырт еллердеги ең абырайлы китапханалар, жоқары оқыў орынлары ҳәм музейлер, абырайлы илим-ағартыўшылық орайларына жеткерип берилгенин атап өтиў керек. Әне, усы жумыслардың даўамы сыпатында әнжуман күнлеринде усы дүркиндеги және 10 жаңа томның презентациясы өткерилиўи де әҳмийетли мәдений ҳәдийсе болып табылады.

Пурсаттан пайдаланып, халқымыздың әййемги ҳәм бийтәкирар мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў жолында жанкүйерлик көрсетип киятырған сиз, әзизлерге, илимпаз ҳәм изертлеўшилер, баспалар ҳәм журналистлер жәмәәтине, сондай-ақ, дүньядағы түрли фонд ҳәм коллекцияларда халқымыздың тарийхый ҳәм мәдений естеликлерин қәстерлеп-сақлап, бизиң қәнигелеримиз бенен тығыз бирге ислесип киятырған уллы инсанларға терең миннетдаршылық билдиремен.

Биз сизлердиң бәршеңизди Өзбекстанның ҳақыйқый дослары деп билемиз ҳәм илимий-дөретиўшилик жумысыңызды жоқары баҳалаймыз. Елимиздеги жетекши илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, биринши гезекте, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының есиклери сизлер ушын бәрқулла ашық.

Мәнис итибары менен өзинде Ўатанымыздың даңқлы өтмишин, бүгинги турмысы ҳәм уллы келешегин көрсетиўге хызмет ететуғын бул сийрек ушырасатуғын заманагөй орында түрли илимий додалаўлар, дебатлар өткериў, әҳмийетли идея ҳәм ойлап табылыўларды алға қойыў, жаңа илимий контентлер ислеп шығыў ушын барлық шараятлар жаратып бериледи.

Исенимим кәмил, Халықаралық конгресс шеңберинде мәмлекетимиздеги мәдений естеликлер, тарийхый-архитектуралық имаратлар, сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳәм китап фондларын үйрениў ҳәм оларды сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумыслар менен жақыннан танысып, бирге ислесиўимизди раўажландырыў бойынша жаңа усыныс ҳәм мәсләҳәтлерди билдиресиз. Әнжуман процесинде өткерилетуғын илажлар, ҳүрметли илимпазларымыздың илимий баянатлары, әҳмийетли идея ҳәм басламалары Жаңа Өзбекстанның социаллық-ағартыўшылық раўажланыўына салмақлы үлеси болып қосылады, деп ойлайман.

Сизлерди бүгинги абырайлы әнжуманның ашылыўы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысыңызға табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Дүнья цивилизациясының бесиклеринен бири болған Өзбекстанға – тынышлық, дослық ҳәм илим-ағартыўшылық үлкесине хош келдиңиз!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти