Испанияның «Реал Мадрид» командасы 12 жастағы Беларусьлы футболшы менен шәртнама дүзди. Бул ҳаққында «Маrса» хабар берди.

Беларусь футболшысы Алексей Майоров 2012-жылы туўылған ҳәм ол «Динамо» клубының 1980-жыллардағы ярым қорғаўшысы Александр Кистенниң ақлығы.

Басылымға бола, ЛаЛига клубы «Барселона» ҳәм Майоровты өз қурамына қосып алыў нийетинде болған. «Барса» клубы футболшыны қосып алыў ушын Каталония футбол федерациясы арқалы тәсир өткериўге урынған. Соған қарамастан, Алексей «Реал Мадрид» академиясына өтиўди таңлады.

Майоров «Реал»ға шекем Испанияның «Серданёла» клубында ойнаған. Өткен мәўсимде Алексей 22 ойында майданға түсип, 59 гол урды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги