Январь-июнь айларында қанша неке дүзилгени мәлим болды. 

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылдың 1-июль жағдайына республикамызда 97,4 мың неке жағдайлары анықланған.

Жәми некелердиң анықланған аймағы бойынша бөлистирилиўи төмендегише:

Қалалық жерлерде – 50,1 мың;

Аўыллық жерлерде – 47,3 мың.

Алдыныр-ақ, Өзбекстан некелер саны бойынша ҒМДАда биринши, ажырасыўлар бойынша болса ақырғы орында туратуғыны мәлим болған еди.

ҒМДА Мәмлекетлераралық статистика комитети мағлыўматларына бола, 2022-жылы Өзбекстанда ҳәр 1 000 адамға некелер саны 8,4 ти, ажырасыўлар саны 1,4 ти қураған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги