Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында нуранийлерди, исбилерменлер менен қурылыс тараўы пидайыларының бир топарын сыйлықлаў мәресими болды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық тараў ўәкиллерин, нураныйлер ҳәм мийнет алдынғыларын жақынласып қалған ең уллы, ең әзиз байрамымыз – елимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы ҳәм өткерилип атырған байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде экономикамыздың раўажланыўында өзине тән орынға ийе исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Қысқа ўақыт ишинде “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында барлық тараўларда бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Президентимиздиң 19-20-август күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында белсендилер ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўы жаңадан-жаңа имканиятлар есигин ашып ашып бериў менен бирге, айрықша жуўапкершилик те жүклемекте.

Өзбекстан нуранийлерин социаллық хызметин қоллап-қуўатлаў “Нураний” фонды Қәўендерлик Кеңесиниң қарары менен бир топар нуранийлар “Меҳнат фахрийси”көкирек белгиси, қурылысшылар байрамы ҳәм Исбилерменлер күни мүнәсибети менен бир топар тараў пидайылары Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары тийкарында “Ардақлы нураний”, “Ибратлы ҳаял”, “Ўатан пидайысы”, “Үмит ушқыны” көкирек белгилери менен сыйлықланған еди.

Илажда усы сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Салтанатлы илаж мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги