Нөкис қаласындағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясының жаңа Сайлаў алды бағдарламасы жойбары жәмийетшилик додалаўынан өткерилди.

Онда партия белсендилери, түрли тараў қәнигелери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиўде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығы Улығбек Иноятов жыйналғанларды жаңа Сайлаў алды бағдарламасы жойбары концепциясы менен таныстырды.









Бағдарламада күшли социаллық сиясатты әмелге асырыў, арзан турақ жай ҳәм сапалы коммуналлық хызметлер көрсетиў, маман медициналық хызмети, мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў сыяқлы 10 бағдарда 100 ге шамалас мақсет белгилеп алынбақта. Мысал ушын, пенсия системасын реформалаў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў яки жәрийма бойынша түсимлерди толық мәмлекет бюджетине бағдарлаў, жергиликли инвесторларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға сырт ел инвесторлары менен теңдей жеңилликлер бериў мәселелери принципиал әҳмийетке ийе екенин атап өтилди.

Сондай-ақ, кредит механизмлерин социаллық әдиллик принципине муўапықластырыў, гиреўге қойылған мүлкти кредит алған шахсқа сатыў имканиятын бериўге байланыслы идея аз дәраматлы пуқаралар ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Әҳмийетли социаллық қарарлар қабыл етиўде басқарыў ҳәкимиятының сиясий партиялар менен мәсләҳәтлесиў институтын енгизиў мәселеси депутатлар, басланғыш партия шөлкемлери жетекшилери тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Сөйлесиўде қатнасыўшылар билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин күшейтиў, көп қабатлы жайлардың әтирапын абаданластырыў бойынша пикир -усыныслар билдирди.

ӨзА