Хабарыңыз бар, усы жылдың 24-25-август күнлери республикамыз бойлап “Мәҳәлле абат—журт абат!” сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди. Бүгин ерте таңнан республикамыз бойлап улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги басланып кетти.

Усы тийкарда барлық мийнет жәмәәтлери қатарында, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине белсене қатнаспақта.

Шынында да, соңғы жылларда барлық мәҳәллелерде кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылып, көше-қыябанларымыз өзгеше шырай ашпақта. Әлбетте, қоршаған орталығымыздың тазалығын сақлаў, өз шаңарағымыз, көше ҳәм аймақларды абаданластырыў, сондай-ақ, бағыўшысы болмаған, физикалық имканияты шекленген шаңарақларға жәрдем бериў әзелден халқымыздың қан-қанына сиңип кеткен миллий қәдириятлары болып табылады.

Шембиликте имарат әтирапларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, сондай-ақ, тереклерге форма бериў, жол қапталы тосықларын ҳәклеў жумыслары алып барылмақта. Шембилик барлық мийнет жәмәәтлеринде, мәҳәллелерде қызғын даўам етпекте…

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.