Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисиниң соңында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртанамға қол қойды ҳәм Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисиниң қарарын қабыллады.


Мәмлекет басшылары жанында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– Мийнет етиўди ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Сыртқы ислер министрликлери арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси;

– Мектепке шекемги билимлендириў, кәсип-өнер билимлендириўи, орта арнаўлы, жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протоколлар;

– 2024-2026-жылларға мөлшерленген мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша «жол картасы»;

– 2024-2026-жылларға мөлшерленген туризм тараўындағы ҳәрекетлер режеси;

– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти жанындағы Пуқараларға хызмет көрсетиў ҳәм социаллық инновациялар мәмлекетлик агентлиги арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң маманлығын арттырыў орайы ҳәм Әзербайжан Республикасы Әдиллик министрлиги Адиллик академиясы арасында бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм Әзербайжан Республикасы Ишки ислер министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Суд экспертизасы орайлары арасында бирге ислесиў ҳаққында протокол.

Сапар шеңберинде Ташкент ҳәм Баку, Шаҳрисабз ҳәм Байлаган, Жиззақ ҳәм Губа қалалары арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер ҳәм басқа да еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.





ӨзА