Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов Қытай Халық Республикасынан келген мийманлар менен ушырасты,-деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети.
Онда атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықаралық бирге ислесиўлерди кеӊнен жолға қойыў мақсетинде, усы жылдыӊ өзинде бир қатар мәмлекетлер менен меморандумларға қол қойысып, бирге ислесиў бойынша келисимлерге еристи.
Ушырасыў барысында Қытай мәмлекетиниң Central South Architectural Design Institute Co., Ltd компаниясының Президенти ZHu Zhi YONG ҳәм компания ўәкиллери менен өз-ара сәўбетлесип, қытайлылардың алдынғы тәжрийбелери менен ортақласты ҳәм мәмлекетимизде медицина тараўында заманагөй дизайндағы имаратлар қурыўда, жаӊа проектлер тийкарында бирге ислесиў мақсетинде меморандумға қол қойылды.
Жақын күнлерде бул бойынша жумыслар алып барылыўы күтилмекте…
Қарақалпақстан хабар агентлиги.